Ҳәр қандай жазыўшы халықтың белгили бир дәўирдеги турмысын, оның өткендеги тарийхын сүўретлейди. Соның менен бирге, жазыўшы шығармада сөз етилген ўақыяларға өзиниң қатнасын, ой-пикирлерин дебилдиреди ҳәм усы мақсетте тилдеги соларға сәйкес, соларды бере алатуғын сөзлерди таңлап қолланады. Жазыўшы шығармада тек турмыстағы предмет ҳәм қубылысларды ғана таңлап қоймай, соның менен бирге, оларды баянлаў, сүўретлеў усылларын да таңлайды. Сонлықтан, көркем шығарманы баҳалаўда оның тил өзгешеликлерин үйрениў үлкен әҳмийетке ийе.